Студентлерге «Биз зорлыққа қарсымыз» темасы бойынша түсиник берилди
Бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги орны ҳәм абырайын беккемлеў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әҳмийетли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Олардыӊ ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, әсиресе, зорлық ҳәм басымнан қорғаў бағдарында үлкен жумыслар алып барылмақта. Орынларда «Биз зорлыққа қарсымыз» сүрени тийкарында ушырасыўлар ҳәм түрли илажлар шөлкемлестирилип келинбекте. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳатшиси З.Даўлетова басламасы менен усы тема шеӊберинде филиал ҳаял-қызлары ҳәм студент-жаслар арасында бир қатар илажлар ҳәм дебатлар өткерилди. Бүгин студент-жаслар қатнасыўында «Биз зорлыққа қарсымыз» темасында семинар болып өтти. З.Даўлетова семинарды кирис сөзи менен ашты.
Студентлерге кейинги жылларда мәмлекетимизде Гендер теӊликти тәмийинлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр түрли басымлардан қорғаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди. Семинар даўамында қатнасыўшылар плакатларға теманы сәўлелендирген ҳалда сүўретлерди соғып, мазмунын түсиндирип берди. Сондай-ақ, тема бойынша түрли пикирлер алмасылды. З.Даўлетова студентлерге және де кеӊ түсиник бериў ушын жәмийетимизде ушырасып атырған турмыслық мысалларды келтирип өтти. Өткерилген бул илаж жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы тәризде алып барылды. Қатнасыўшылар «Биз зорлыққа қарсымыз» темасы бойынша толық мағлыўматларға ҳәм кеӊ түсиникке ийе болды.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1