Студентлер ушын онлайн лекция шөлкемлестирилди
Филиалда тәлим алып атырған студент-жаслардыӊ билим ҳәмде көнликпелерин және де беккемлеў мақсетинде сырт елдиӊ профессор-оқытыўшыларын көбирек қамтып алған ҳалда, онлайн лекцияларды шөлкемлестирип барыў жақсы жолға қойылмақта. Атап айтқанда, бүгин яғный 11-ноябрь күни Ирақ Тишк халықаралық университети математика тәлими бөлиминиӊ математика илимлери бойынша философия докторы (PhD) Абдуллаҳ Курудирек студент-жасларға онлайн тәризде сабақ өтти. «Экономика ҳәм гуманитар» пәнлер кафедрасына қараслы бухгалтерия есабы ҳәм аудит (тармақлар бойынша) қәнигелигиниӊ 1-курс 109-топар студентлери қатнасыўында болып өткен бул онлайн сабақ филиалдыӊ илимий бөлими ҳәм кафедра баслығы П.Хожалепесов тәрепинен шөлкемлестирилди. Аналитикалық геометрия элементлери темасы бойынша өткерилген сабақ даўамында Абдуллаҳ Курудирек студентлерге толық түсиниклерди берип өтти.
Студентлер онлайн лекция даўамында билим ҳәмде көнликпелерге ийе болыўы менен бирге, пайдалы ҳәм қосымша мағлыўматларға ийе болды. Сондай-ақ, Абдуллаҳ Курудирек ҳәмде Полат Хожалепесовлар өз-ара сәўбетлесиў алып барып, алдағы ўақытта бирге ислесиў ҳәм байланыс орнатыў, филиал студент-жасларына онлайн лекцияларды шөлкмелестирип барыў сыяқлы мәселелерди додалады. 1-курс 109-топар студентлери усы онлайн сабақ мазмунлы ҳәм қызықлы тәризде болып өткенлигин айрықша атап өтти.
скачать dle 12.1