Студентлер турақ жайында жасайтуғын қызлар менен сәўбет алып барылды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-қызлардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олардыӊ қызығыўшылықларын жақыннан үйренип, олардыӊ жағдайынан турақлы түрде хабардар болып барыў мақсетинде ҳәр түрли илажлар, сәўбетлесиўлер ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилип келинбекте. Усы мақсетлерди гөзлеген ҳалда «Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен жатақхана қызлары менен өз-ара сәўбетлесиў алып барылды. А.Торешова ҳәм Г.Ешмуратовалар дәслеп студент-қызлардан оларды қыйнап атырған машқалалары, бос ўақытларын қай тәризде өткерип атырғанлығы ҳәм қызығыўшылықлары туўралы сорап, еркин тәризде сәўбетлести.
Сондай-ақ, олардыӊ кейпиятларын жоқары дәрежеде көтериў ушын ҳәр түрли қызықлы психологиялық ойынлар өткерилди. Атап айтқанда, реӊлерди таӊлаў арқалы минез-қулқын билип алыў ҳәм сыпатлама бериў, соныӊ менен бирге басқа да қуўнақ кейпият бағышлайтуғын ойынлар шөлкемлестирилди. Улыўмаластырып айтқанда студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-қызлар менен өткерилген сәўбетлесиў мазмунлы ҳәм қызықлы тәризде болып өтти. Қатнасыўшылардыӊ ўақты мазмунлы өтиўи менен бирге кейпиятлары жоқары дәрежеде көтерилди.
скачать dle 12.1