Филиалда оқыў процессиниң дәстүрий түрде даўам етиўи ҳаққында рәсмий мағлыўмат!
Филиал студентлери дыққатына!
Бәршемизге белгили кеше Республика арнаўлы комиссиясы тәрепинен кейинги күнлерде елимизде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайы кемейип атырғанлығын инабатқа алған ҳалда 2022-жыл 7-февральдан баслап жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў процесслери дәстүрий түрде даўам етиўи белгиленди. Жоқары оқыў орынларында оқыў процесслери 7-февральдан 24-февральға шекем басқышпа-басқыш дәстүрий формаға өткериледи.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы оқыў процесслери оқыў процесслери бойынша ишки имканиятлардан келип шыққан ҳалда, сондай-ақ, алыс жерлерден қатнап оқыйтуғын студентлердиң оқыўға жетип келиў ўақытларын инабатқа алған ҳалда төмендегише рәсмий мағлыўмат береди:
Филиалдың бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша күндизги ҳәм сыртқы билимлендириўде тәлим алып атырған барлық курс студентлери ушын усы жылдың 7-февраль сәнесинен баслап оқыў процесси дәстүрий тәризде даўам еттирилиўи белгиленди. Сондай-ақ, жуўмақлаўшы бақлаў имтиханлары тастыйықланған график тийкарында даўам еттириледи. Онлайн тәризде алынған имтихан нәтийжелери бийкар етилмейди. Дәстүрий оқыўды баслаў ушын филиалда оқыў аудиториялары ҳәм студентлер турақ жайы таяр жағдайда екенлигин мәлим қыламыз!
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1