“Ең шебер қыз” онлайн таңлаўының жеңимпазлары анықланды
Филиал студент-қызларының қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын имканият жаратыў, қысқы дем алыс дәўирин мазмунлы шөлкемлестириў ҳәмде олардың қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилген “Ең шебер қыз” онлайн таңлаўының жеңимпазлары анықланды. Демек, жеңимпазлыққа мүнәсип деп табылған қатнасыўшылар менен танысың:
Биринши орын Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелиги 2-курс 213-топар студенти Орақбаева Ҳурлиман.
Екинши орын Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 3-курс студенти Лаура Яқыпбаева.
Үшинши орын 1-курс 111-топар студенти Жания Усманова.
Бул шебер қызларымызға онлайн тәризде диплом тапсырылады ҳәмде дәстүрий оқыў басланған ўақтында баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Қатнасыўшылар арасында 1-курс 109-топар студенти Мийўагул Хакимниязованы белсене қатнасқан деп айрықша атап өтиў орынлы болады. Соның менен бирге таңлаўда қатнасқан барлық студент-қызларға миннетдаршылық билдиремиз.
скачать dle 12.1