«Қәбилетли қызлар» дөгереги өз хызметин баслады
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Қәбилетли қызлар» дөгереги өз хызметин баслады. Филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳатшиси Г.Ешмуратованыӊ басламасы менен шөлкемлестирилген бул дөгерекке ҳәзирги ўақытта жәми 50 студент-қызлар ағза. Бул дөгерекке 2-курс 213-топар студенти Х.Орақбаева ҳәмде 2-курс 215-топар студенти У.Алиевалар басшылық етпекте. Қәбилетли ҳәм өнерли қызларымызды қоллап-қуўатлаў, соныӊ менен олардыӊ сабактан бос ўақытларын мазмунлы өткериўге шараят жаратып бериў мақсетинде дүзилген бул дөгеректе студентлер тигиншилик жөнелисинде кәсип сырларын үйренип, әмелий билимлерин беккемлемекте. Қуўанышлысы, дөгеректиӊ епшил қызлары өзлериниӊ дәслепки жумысларын әмелге асырды. Атап айтқанда аяқ ойын ушын арналған 6 миллий көйлекти тигип питирди. Бунда өнрели қызларымыз Хурлиман ҳәм Улбосынныӊ мийнети айрықша екенлигин атап өткимиз келеди. Қол мийнетиниӊ өними инсанға өзгеше заўық бағышлайды. «Қәбилетли қызлар» дөгерегиниӊ қызлары тәрепинен тигилген миллий липаслар филиал студент-қызларыныӊ шырайын жәнеде ашып, олар байрам илажында айрықша доланып турды. Тил байрамы илажында Х.Орақбаева ҳәмде У.Алиева белсендилиги ушын диплом менен сыйлықланды. Әлбетте, бул жумыстыӊ басламасы. Алдағы ўақытта бул дөгеректиӊ көлеми және де көбейип, филиал ушын керекли болған кийим-кеншеклер менен тәмийинлеў жумысы артып барады. Қәбилетли қызларымызға табыслар тилеп қаламыз.
скачать dle 12.1