SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлердиӊ кәсиплик қызығыўшылығын раўажландырыў темасында тренинг » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиалдыӊ Ветеринария медицинасы қәнигелигиниӊ 1-курс 102-топар студентлерине «Студентлердиӊ кәсиплик қызығыўшылығын раўажландырыў» темасында тренинг шөлкемлестирилди. Бул тренинге усы топрадыӊ тюторы Т.Жусипбеков қатнасты. Филиал психологы К.Алламуратова студент-жасларға олардыӊ потенциалын, психологиялық өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда ҳәмде қызығыўшылықларын тереӊ үйренип кәсипке бағдарлаў бойынша кеӊ түсиниклерди берип өтти. Ол өз сөзинде: “Ҳәр бириӊиз өзиӊиз таӊлаған тараўдыӊ жетик қәнигеси болыў ушын алды менен өзиӊизге үлкен исеним билдириўиӊиз ҳәм алдыӊызға қойған мақсетти орынлай алыўыӊызға ғайрат пенен ҳәрекет қылыўыӊыз керек. Бул ҳәрекетлер сизди нәтийжеге қарай жетелейди”, -деп айрықша атап өтти. Болажақ қәнигелердиӊ қәбилетлерин жүзеге шығарыў ҳәм оларды шахс сыпатында қәлиплестириў, кәсибиниӊ маманы болыўы ушын зәрүр шәрт-шараятларды жаратыў олардыӊ кәсиплик қызығыўшылығыныӊ раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе екенлиги түсиндирилди. Ҳәр бир кәмил инсан жәмийетте өзиниӊ орнын таба билиўи зәрүр. Буныӊ ушын еӊ дәслеп кәсип таӊлаўда қәтелеспеўи керек болады. Жасларды өзлериниӊ қызығыўшылығынан келип шығып кәсиплик искерлигин раўажландырыў мақсетке муўапық болады. Психолог тренинг даўамында студентлер менен еркин тәризде сәўбетлесип, олардыӊ пикирлерин тыӊлады. Сондай-ақ, оларды жәнеде қызықтырыў мақсетинде ҳәр түрли позитив психологиялық ойын шынығыўларын өткерди. Студент-жаслар белгиленген тема шеӊберинде анық түсиниклерге ийе болды.