SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер сабақтан бос ўақтында әмелий тәжирийбелер алып барды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студентлер сабақтан бос ўақтында әмелий тәжирийбелер алып барды
Студентлер сабақтан бос ўақтында әмелий тәжирийбелер алып барды
Филиал студентлери арасында жетик билим алыўдан тысқары теориялық билимлерин әмелий көнликпелер менен беккемлеп барыўға умтылатуғын белсенди студентлер бар екенлиги бизди қуўанышқа бөлейди. Атап айтқанда усындай студентлеримизден 2-курста билим алып атырған С.Атаниязов, Н.Абдинайимов ҳәмде Н.Торебаевлар сабақтан бос ўақтында өз басламасы менен “Panaev farms” фермер хожалығында әмелий билимлерин беккемледи. Бул студентлер “Ветеринария” кафедрасы ассистенти Д.Ерназаровтыӊ көретпелери тийкарында фермер хожалықта бағылып атырған шарўа малларындағы туяқ кеселликлерин үйрениў ҳәм емлеў жумысларын алып барыў менен шуғылланды. Бул жердеги нәсилли қарамалларда бул түрдеги кеселликтиӊ аўыр түри ушырамады. Соныӊ менен бирге қой ҳәм ешкилерде вакцинация жумысларын әмелге асырды. Әмелий шынығыўларды алып барыў процессинде студентлер шарўа малларында ушырасатуғын кеселликлерге диагноз қойыў ҳәмде емлеў жумысларын үйренди. Болажақ қәнигелердиӊ емлеў илажларында тикеллей қатнасыўы, алған теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады. Әсиресе усындай фермер хожалықларында әмелий сабақларды шөлкемлестириў өзиниӊ унамлы нәтийжесин бериўи анық. Өз билимлерин және де арттырыўға ҳәрекет қылған студентлеримиз жақсы әмелий тәжирийбелерге ийе болды.