SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Ижарадағы студент-қызлардан хабар алынды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ ижарада жасап атырған студент-қызларыныӊ жасаў жағдайынан хабар алынды. Бунда филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова ҳәм «Зооинженерия» кафедрасы баслығы А.Торешовалар биргеликте ижара үйлерде жасап атырған студент-қызлардыӊ ҳалынан хабар алып, олар жасап атырған үйлердиӊ шәрт-шараяты ҳәм қолайлықлары менен жақыннан танысты. Соныӊ менен бирге қыс мәўсиминиӊ жақынласып киятырғанлығы ҳәм ҳаўа райыныӊ суўытыўы мүнәсибети менен үй-жайларды ысытыўға болған талап артыўын инабатқа алған ҳалда, студентлердиӊ ижара үйлериндеги жылытыў үскенелери менен танысып, оларға ийис газинен зәҳәрлениў бойынша түсиник берип өтти. Үй шараятында ийис газинен қалайынша сақланыў керек, бундай унамсыз жағдайлар тийкарынан жаӊа боялған ҳәм таза ҳаўа менен тәмийинленбеген үйлерде, үй шараятында тәбийий газ шығып турған ҳәм ыссылық үскенелери (печкалар) менен ысытылған үйлерде жаныўшы затлардыӊ толық жанбаўы нәтийжесинде келип шығыўы бойынша толық мағлыўмат берип өтти. Студентлерге газдиӊ ийисин сезген жағдайда дәрҳәл айналарды ашып, үйди самаллатыў илажларын көриў кереклиги айтып өтилди ҳәм тийисли мәслаҳатлер берилди.