Партия ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти
Бәршемизге белгили, усы жылы 24-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтеди. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларында сайлаў алды үгит-нәсият илажлары өткерилмекте. Усы мүнәсибет пенен усы жылы 19-октябрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында «Студент-жаслар ҳәм сайлаў» сүрени астында сиясый партиялар менен ушырасыў болып өтти. “Адолат” социал демократиялық партиясыныӊ бас қәнигеси Ш.Торешова, Өзбекстан Экологиялық партиясы ўәкили Г.Генжеева, Өзбекстан“Миллий тикланиш” демократиялық партиясынан И.Жаримбетов, Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҚР Кеӊеси бөлим баслығы А.Жайлыганов, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент-жаслары қатнасты. Ушырасыўды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берип, қатнасыўшыларға келген мийманларды таныстырып өтти. Ушырасыў даўамында партия ўәкиллери тәрепинен талабанлардыӊ сайлаў алды бағдарламалары ҳәм олардыӊ искерлиги ҳаққында айтып берилди. Сондай-ақ сайлаў өткериў ҳәм даўыс бериў тәртиби бойынша толық түсиндирип өтилди. Студент-жаслардыӊ сиясый билимлерин жәнеде арттырыў ҳәм оларды 24-октябрь күни болып өтетуғын күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында белсенди қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген бул ушырасыў даўамында филиал студентлери керекли мағлыўматларға ийе болды. Партия ўәкиллери жас сайлаўшыларға сайлаўда қатнасыў тәртиби бойынша пайдалы усынысларды берип өтти. Сондай-ақ, олар илажда өз сораўлары менен белсенди қатнасқан студентлерге естелик саўғаларын тапсырды. Еӊ тийкарғысы филиал студентлериниӊ сайлаў бойынша билимлери жәнеде беккемленди.
скачать dle 12.1