Талабалар нәсилли ҳәм пародалы атлар хожалығына саяҳат шөлкемлестирди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-августдағы «Өзбекстанда жылқышылық, ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик дәстүри ҳаққында»ғы ПҚ-5211-санлы қарарының қабыл қылыныўы жылқышылық хожалықларын шөлкемлестириў арқалы нәсилли ҳәм пародалы атларды көбейтиў болса, усы қарар тийкарында 2022-2023-оқыў жылынан баслап Самарқанд ветеринария медицинасы институты ҳәмде оның Нөкис ҳәм Ташкент филиалларында жылқышылыққа қәнигелестирилган ветеринария шыпакери ҳәм зоотехниклерди таярлаў бойынша бакалавриат тәлим бағдары ашылыўы филиал админстарциясы ҳәм профессор-оқытыўшыларына жәнеде жуўапкершилик жүклейди.
Усы жылдың 16-сентябрь күни филиалдың Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) бағдары 4-курс талаба-жаслары Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов ҳәм Зооинженерия факультети ассистент-оқытыўшысы А.Тлеўмуратов басшылығында Қарақалпақстан Республикасындағы шабандозлар елаты болған Нөкис районында жайласқан «Бақаншақли» АПЖ «Ер Зийўар» фермер хожалығына саяҳат шөлкемлестирип, хожалықтың пародалы атлары менен танысты. Бул фермер хожалығына жаслығынан ат шаўып, көкпар ойнаған, тойлар болса қурда гүресип, отырыспақ-мейлислерде қарақалпақ дуўтары менен қосық айтып өскен, сегиз қырлы, бир сырлы өзи шабандоз, палўан ҳәм сазенде Зарапатдин Заитов басшылық қылып, фермер хожалығында Франция, Туркменистан, Қырғызыстан мәмлекетлеринен алып келинген ата-бабасы англичан атлары болған ҳәм жергиликли атларды бағып, Республикалық ҳәм жергиликли тойларда байрақ алып, Қарақалпақстанда жылқышылық тараўының раўажланыўына өз үлесин қосып келмекте.
Филиал талаба-жасларына атлардың келип шығыў тарийхы, олардың от-жемине қарау, жарысларға таярлаў бойынша шабандоздың баласы Зийўатдин Зайтов кең түрде тусиник берди. Талаба-жаслар атлар ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды ҳәм өзлериниң теориялық билимлерин беккемледи.
Бул фермер хожалығына саяҳатты шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген Нөкис районы Туризм ҳәм спорт бөлими баслығы Есемурат аға Утениязовқа үлкен миннетдаршылық билдиремиз.







Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлимискачать dle 12.1