SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал психологы студентлер менен сәўбетлесиў өткерди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал психологы студентлер менен сәўбетлесиў өткерди
Филиал психологы студентлер менен сәўбетлесиў өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жасларына филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен «Студент жасларға психолог хызмети ҳаққында түсиник бериў ҳәм сөйлеў мәдениятын раўажландырыў» темасында сәўбетлесиў алып барылды. Ветеринария ҳәм зооинженерия факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов өз кирис сөзинде жоқары оқыў орынларында психолог хызмети шөлкемлестирилиўиниң мақсетине айрықша тоқталып өтти. Буннан соң М.Алламуратова студент-жасларға филиал психологының ўазыйпасы нелерден ибарат екенлиги, студентлердиң руўхый машқалаларын үйренип барыў ҳәм оларды шешиўге көмеклесиў бойынша кең түсиниклерди бериў менен бирге психолог кәсибине улыўма сыпатлама берип өтти. Соның менен бирге қатнасыўшыларға сөйлеў мәденияты бойыншада кең тәризде айтып өтилди. Студентлер тема шеңберинде өзлериниң пикирлерин билдирди. Сондай-ақ студентлерге қандай да бир машқалаларға дус келсе, өзине болған исенимсизлик пайда болса ҳәм буларға шешим табыўға қыйналып атырған болса биймәлел филиал психологына мүрәжат етиўлери мүмкин екенлиги айтып өтилди.