13-июль жағдайы бойынша филиалға ҳүжжет тапсырған абитуриентлер саны менен танысың
Мәмлекетлик тест орайының рәсмий телеграм каналы арқалы 2021-2022-оқыў жылы ушын онлайн тәризде дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматлар жәрияланып барылмақта. Биз усы каналдағы мағлыўматлар тийкарында сизлерге Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ҳаққында күнлик мағлыўматларды берип барамыз. Хош, 13-июль жағдайы бойынша қанша абитуриент дизимнен өткен?
2021-жыл 13-июль саат 18:00 жағдайына муўапық филиалымызға жәми 386 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Соннан билимлендириў түри бойынша:
Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 226;
Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 160 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Тиллер кесиминде:
Өзбек тили-145;
Қарақалпақ тили-241 абитуриент.
Мағлыўмат ушын, жәми дизимнен өткен абитуриентлердиң саны болса 337 004.
Соннан билимлендириў түри бойынша:
Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 201 060;
Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 126 527;
Кешки билимлендириў түри бойынша-9 417.
2021-2022-оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтымыз ҳәмде Телеграм | Фейсбук | Инстаграм арқалы танысып барыўыңыз мүмкин.
Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1