SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI“Ғалабалық мәденият” атамасында ушырасыў болып өтти » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » “Ғалабалық мәденият” атамасында ушырасыў болып өтти
“Ғалабалық мәденият” атамасында ушырасыў болып өтти
Усы жылы 2-июнь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында “Ғалабалық мәденият” атамасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Нөкис қаласы ҳәкимилигиниң Дин ислери бойынша бас қәнигеси Х. Незаматдинов, Филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров илажды ашып берди ҳәм сөз нәўбетин келген мийманға берди. Буннан соң Х.Низаматдинов сөзге шығып, бүгинги глобалласыў дәўиринде жаслар арасында барған сайын ҳәўиж алып атырған ғалабалық мәденият ҳәм оның унамсыз ақыбетлери ҳаққында толық түрде айтып өтти. Ғалабалық мәденияттың тарқалыўының алдын алыў тийкарғы мәселелерден бири екенлиги де атап өтилди. Жаслардың санасына кери тәсир ететуғынлығын инабатқа алыўымыз зәрүр. Сондай-ақ ушырасыў даўамында Г.Ешмуратова жаслардың интернеттен пайдаланыў мәдениятын және де қәлиплестириў ҳәмде бизиң миллийлигимизге ҳәм қәдириятларымызға дурыс келмейтуғын жат идеялардан жырақ болыў керек екенлиги ҳаққында өз пикирлерин билдирди. Студент-жасларды бул мәселеде сергек болыўға шақырды. “Ғалабалық мәденият” нықабы астында жасларымыздың санасына кери тәсир етиўге жол қоймаў ушын усындай ушырасыўларды шөлкемлестирип барыў ҳәм үгит-нәсият жумысларын кең түрде алып барыў усыныс етилди. Ушырасыў жуўмағында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигеден тийисли жуўапларды алды. Соның менен бирге олар көплеген мағлыўматларға ийе болды.