“Маған көзабаға жазылған есабат емес, студенттиң әмелий көнликпеге ийе болғанлығы керек”
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында филиал директоры А.Есимбетов басшылығында биринши ҳәмде екинши курс студентлери ушын әмелият шөлкемлестириў бойынша жыйналыс өткерилди. Оған оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша Қ.Атаназаров, профессор-оқытыўшылар ҳәмде барлық топар басшылары қатнасты. Жыйналыс даўамында 1-курс студентлер ушын 4 ҳәптелик оқыў-танысыў әмелияты ҳәмде 2-курс студентлер ушын болса 6 ҳәпте дала әмелиятын шөлкемлестириў мәселеси додаланды. Ҳәр бир топарға әмелият басшысы тайынланды. Бунда биринши курс студентлер оқыў-танысыў әмелиятын филиал аймағында өтеўи белгиленди. Екинши курс студентлери дәслеп филиалда буннан соң болса шәртнама тийкарында ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм фермер хожалықларында тикеллей жумыс процесин бақлап, әмелий көнликпелерин беккемлеўи режелестирилмекте. Соны айрықша атап өтиў орынлы, 1-курс студентлериниң оқыў-танысыў әмелиятын тараў қәнигелерин қамтыў арқалы алып барыў белгиленди. Филиал директоры А.Есимбетов бул бойынша анық көрсетпелерди берип, «Студентлер ушын әмелият өтеў дәўири жүдә әҳмийетли болып саналады. Сол себепли, танысыў әмелияты болады ма ямаса дала әмелияты, ҳәр бир топар басшысы ҳәм студент бул мәселеге айрықша дыққат аўдарып, жуўапкершиликти терең сезиниўи тийис. Маған көзабаға жазылған есабат емес, керсинше студенттиң болажақ қәниге сыпатында аз ғана болса да әмелий көнликпеге ийе болғанлығы керек. Әмелият басшылары бул мәселеде жүдә итибарлы болыңлар»,-деп айтып өтти. Тийисли тапсырмалар жүзесинен Қ.Атаназаров қосымша түрде түсиник берип өтти. Әлбетте, бул әмелият процеси көтериңки руҳта шөлкемлестириледи деп үмит етемиз. Тийкарғысы белгиленген ўақыт даўамында филиал студентлери зәрүр билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы гөзленген. Жыйналыс даўамында студентлердиң әмелият өтеўине тийисли барлық мәселелер жан-жақлама додаланды.
скачать dle 12.1