Филиал хызметкерлери онлайн вебинарға қатнасты
«Студентлердиң зәрүр көнликпелерин раўажландырыўдың сапасын арттырыў» темасында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Британия Кеңеси шериклигинде онлайн вебинар болып өтти. Бул вебинарға Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров, Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов, «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти А.Торешова ҳәм Б.Кунисовлар қатнасты. Онлайн вебинар даўамында Дерби университети хызметкерлери Фиона Шэлтон, Джон Хилл ҳәм Advance HE шериги Бен Брабон баянат жасады. Онлайн сәўбетлесиў инглиз тилинде (рус тилине синхрон аўдарма тийкарында) алып барылды. Вебинарда студентлер тәжирийбесин арттырыў, мақсетлерге ерисиў жоллары, сондай-ақ, Дерби университети ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Мағлыўмат ушын, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Британия Кеңеси менен шерикликте “Жоқары билимлендириў ҳәм жумысқа бөлистириў” бағдарламасын әмелге асырып келмекте. Бағдарламаның тийкарғы ўазыйпаларынан бири студентлер тәжирийбесин қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Бул вебинар усы бағдарлама шеңберинде шөлкемлестирилди. Вебинардың жуўмақлаўшы бөлиминде сораў жуўаплар болып өтти. Филиал хызметкерлери онлайн тәризде белсенди қатнасты.
скачать dle 12.1