Филиалда илимий семинар болып өтти
Усы жылдың 15-март күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында еркин излениўши Жугинисов Таңирберген Исаевичтың 03.00.06- Зоология қәнигелиги бойынша «Қубла Арал бойы ксилофаг-шыбын ширкейлери» темасындағы Биология илимлери докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация жумысы бойынша илимий семинар болып өтти. Оған филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент жаслар қатнасты. Бул семинарды Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары, аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Р.Турганбев алып барды. Илимий семинар даўамында Т.Жугинисов қатнасыўшыларға «Қубла Арал бойы ксилофаг-шыбын ширкейлери» темасында жазылған диссертация жумысы бойынша баянат жасады. Буннан соң қатнасыўшылар баянатшыға өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, толық түрде жуўап алды. Сораў-жуўаплардан кейин филиал директоры, Биология илимлери докторы (DSc) Адилбай Есимбетов рецензент сыпатында сөзге шығып еркин излениўши Т.Жугинисовтың диссертация жумысы бойынша баянат жасап, өзиниң пикир ҳәмде усынысларын билдирди. Мағлыўмат орнында соны атап өтиў орынлы, диссертация жумысының изертлеў нәтийжелери 5 халықаралық ҳәм республика илимий-әмелий анжуманларында додаланған. Сондай-ақ диссертация темасы бойынша жәми 35 илимий жумыс, илимий журналларда болса 15 мақала жарық көрген.
скачать dle 12.1