“Илҳом” сыйлығы таңлаўының филиал басқышы қашан өткериледи?
Шайыр ҳәм жазыўшылар өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша билим ҳәмде имканиятларыңызға исенесизбе? Таңлаўда қатнасып, өзиңизди сынап көриң!
“Илҳом” сыйлығы шайыр ҳәм жазыўшылар өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениў, олардың шығармаларын аўдармалаў, сол тийкарда илимий изертлеўлер алып барыў, кино ҳәм сахна шығармаларын жаратыў сыяқлы руўхый-ағартыўшылық, илимий-дөретиўшилик барысында ең жоқары нәтийжелерге ерискен жоқары оқыў орынларында оқып атырған ҳәм искерлик алып барып атырған жасларға бериледи. Ҳүрметли студентлер! Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында усы жылы 15-16-март күнлери “Илҳом” сыйлығы таңлаўының дәслепки таңлап алыў басқышы тест сынағы көринисинде онлайн тәризде өткериледи. Бул таңлаўға қатнасыў ушын қәлеўин билдириўши студентлер 13-март сәнесинде өз арзасын Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлимине тапсырыўлары мүмкин. Таңлаўда биринши, екинши ҳәмде үшинши орынды ийелеген студентлер мүнәсип тәризде сыйлықланады. Қәбилетли студентлер бундай имканияттан әлбетте үнемли пайдаланың ҳәм өз қәбилетиңизди жүзеге шығарың! Қосымша сораўлар болса төмендеги телефон номерге мүрәжат етиўиңиз мүмкин:+998949088383.
Еслетип өтемиз, Таңлаў 2 басқышта өткериледи:
1-басқыш – ҳәр жылы 20-мартқа шекем жоқары оқыў орны көлеминде таңлап алыў басқышы;
2-басқыш – ҳәр жылы 10-майға шекем тийкарғы таңлаў басқышы есапланады.
Өзиңизге исениң ҳәм имканияттан пайдаланың!
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1