Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўындағы қәнигелер ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди
Усы жылдың 26-февраль күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының мәжилислер залында Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўындағы қәнигелер ҳәмде шарўашылық бағдарындағы фермерлер ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Бул семинарға Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети бөлим баслығы, ветеринария илимлери докторы С.Мавлонов, шарўашылық илимий-изертлеў институты Аҳангарон бөлими баслығы, аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Н.Рузибоев, Самарқанд ветеринария медицинасы институты кафедра баслығы, доцент Т.Тайлақов ҳәмде Нөкис филиалы директоры А.Есимбетов қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы Қыяс Пирназаров семинарды кирис сөзи менен ашып берип, ҳәзирги күнде мәмлекетимизде ветеринария ҳәм шарўашылық тараўына қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық түрде айтып өтти. Буннан соң Н.Рузибоев сөзге шығып, тараў бойынша қабыл етилген қарар ҳәмде пәрманлар, олардың мазмуны, сондай-ақ, шарўашылықтың барлық тармақлары ҳәм азықлық егинлерин жетистириў бойынша баянат жасады. Сол менен бирге баянатшылар Т.Тайлақов ҳәм Н.Наўрызовлар өз баянатында тараў бойынша әҳмийетли мағлыўматларды айтып өтти. Семинар даўамында бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында әмелге асырылып атырған жумысларда өз алдына додаланды. Бул оқыў семинары сораў-жуўап тәризинде даўам етип, ҳәмме қатнасыўшылар тараў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўап алды.
скачать dle 12.1