Түйелер менен өткерилген әмелий сабақ
Әдетте, теориялық билимлер әмелият пенен беккемленип барса өз нәтийжесин бериў итималы артады. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери ушын орынларда әмелий сабақлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 3-курс студентлери “Шарўашылық тийкарлары” пәнинен оқытыўшысы Амина Торешова басшылығында Нөкис қаласындағы “Қумбыз аўыл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы түйе бағып атырған үйлерден бирине барды. Бул жерде студентлер түйе сүтин саўыў ҳәм оннан шубат таярланыў процесин толық бақлап турды. Үй ийеси түйелер жылына шама менен 2000 литрге шекем сүт бериўин айтып өтти. Соның менен бирге студентлер үй шараятында бағылып атырған түйелердиң азықланыў рационы менен де жақыннан танысты. Әзелден түйениң сүти өзиниң пайдалы қәсийетлери менен белгили. Оның дәми түйелердиң азықланатуғын нәрселерине де байланыслы болады. Мағлыўматларға көре, түйелер сүтиниң қурамында С ҳәм Д витаминлери көп болады екен. Үй ийеси шубаттан тысқары түйе сүтинен май ҳәм сыр таярлаўға болатуғынлығын айтып өтти. А.Торешова бул жерде студентлерге түйе саўып көрсетти. Бул әмелий сабақ даўамында жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигинде тәлим алып атырған филиал студентлери керекли көнликпелерге ийе болды десек қәтелеспеймиз. Мине усы тәризде түйелер менен өткерилген әмелий сабақ заўықлы тәризде жуўмақланды.
скачать dle 12.1