Студентлер контракт пулын төлегенде дәрамат салығынан азат етиледи ме?
Ҳәзирде төлемли контракт тийкарында тәлим алып атырған студентлер ушын төлемди әмелге асырыў процеслери басланды. Хош, студентлер контракт пулын төлегенде дәрамат салығынан азат етиледи ме? Салық кодексиниң 378-статьясының 16-бәнтине муўапық, Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларында тәлим алыў (өзиниң, 26 жасқа толмаған перзентлериниң ямаса күйеўиниң (ҳаялының) тәлим алыўы) ушын жөнелтирилетуғын салық салыныўы тийис болған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары салыққа тартылмайды.
Демек, төмендеги 3 категорияның контракти ушын өткерилген ис ҳақысынан дәрамат салығы усланбайды:
1)пуқара өзиниң контракт төлемине өткерсе;
2)ата-аналар 26 жасқа толмаған перзентиниң контракт төлемине өткерсе;
3)күйеўи ямаса ҳаялы өмирлик жолдасының контракт төлемине өткерсе.
Мәселен, әке өз перзентиниң контракти ушын ис ҳақының бир бөлегин, 1 млн (мәселен) сумды туўрыдан-туўры институт есабына өткереди деп алып қарасақ, буның ушын институттан шәртнама алып, шөлкемниң бухгалтериясына арза берип қойыў керек.
Бундай жағдайда егер әке 3 млн сум айлық алса, демек перзентиниң контракти ушын өткерген 1 млн сумнан 12% лик дәрамат салығы усланбайды, тек қалған 2 млн сумнан салық алынады.
Жоқарыдағы 3 категориядан басқаларының, мәселен, аға-иниси, апа-сиңлиси, келини ямаса басқа шахслардың контракти ушын ис ҳақыдан төлем өткерилсе ҳеш қандай жеңиллик қолланбайды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1