Супер контрактта қәлеген бес бағдардың биринде оқыў мүмкин
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң баянламасының қарары менен оқыўға кире алмаған абитуриентлерге дизимнен өтиў ўақтында сайлаған екинши, төртинши ямаса бесинши бакалавриат тәлим бағдары бойынша дифференцияластырылған ("СУПЕРКОНТРАКТ") төлемли-контракт тийкарында оқыўға рухсат берилди.
Бунда, Жоқары оқыў орынлары тәрепинен студентликке қабыл етиў таңлаў бойынша бакалавриат тәлим бағдарында жәрияланған тест сынақлары нәтийжелерине көре, абитуриентлердиң топлаған балын тийкар сыпатында қабыл етип, мүрәжат еткен абитуриентлердиң арзаларына муўапық топлаған баллары қатаң избе-излигине әмел еткен ҳалда әмелге асырылады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1