ЖООлары онлайн тәлимнен оффлайн тәлимге қашан өтеди?
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, 2-сентябрден елимиздеги жоқары оқыў орынларында оқыў рәсмий түрде онлайн тәризде жолға қойылды. Хош, жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў қашан басланады? Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы Абдували Холиқов төмендегише айдынлық киргизип өтти.
«Ҳәзирги күнде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен усы мәселе бойынша жумыс алып бармақта. Жаңалық болса оператив түрде жәриялаймыз. Тек студентлер емес, бәлким оқытыўшыларда дәстүрий тәлимди сағынған. Буннан тысқары, районлардағы интернетке кириў мүмкиншилиги жоқ студентлер ушын орайлар шөлкемлестирилип атыр».
Соның менен бирге студентлердиң көпшилиги жатақханада турады. Бул болса өз орнында карантин қағыйдаларына әмел етиў дәрежесин пәсейтиўи мүмкин.
Буннан алдын жоқары оқыў орынларында биринши семестр толық түрде онлайн алып барылыўы ҳәм дәстүрий тәлим февраль айынан басланыўы мүмкинлиги ҳаққында мәлим етилген еди. Онда дәстүрий оқыў басланған жағдайда Ташкент қаласына 100 мыңнан артық студент келиўи бул болса эпидемиологиялық жағдайдың изден шығыўына алып келиўи мүмкин екенлиги айтып өтилген еди. Ҳәзирги жағдайда дәстүрий оқыўды баслаўға асықпаған мақул болса керек.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1