SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
  • Telefon

    +998 61 224 71 09

  • E-mail

    samvminf@edu.uz

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ



  Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлекти ақ ҳәм қызыл сызықлар ажыратып турады.«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекет-

лик байрағы  ҳаққында»ғы Нызам 14-жылда  декабрь 1992- Қарақалпақстан  Республикасы  Жоқарғы  Кеңесиниң Хсессиясында

қабылландыҚарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигигниң нышаны. 

    Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жаслығының ҳәм өмир дәреги - суўдың мәңги тымсалы болып есапланадыСары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳраданибарат екенлигин аңлатады. Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўының, руўхый жасарыўының, исенимниң ҳәм қуўаныштың нышаны. Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың муқаддес тымсалы болса, бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм наўқыран бес қаласының – қарақалпақлардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының рәсмий ўәкиллериниң сыртелге сапарларында, халықаралық әнжуманларда, көргизбелерде ҳәм спорт ойынлары жарысларында Қарақалпақстан Республикасын дүньяға танытады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы халықаралық майданда басқа мәмлекетлердиң байрақлары менен тең желбиреп турады. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ҳәм бул жерде жасайтуғын басқа адамлар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағын ҳурметлеўи шәрт.

фильмы бесплатно