14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы
Бүгин елимизде әжайип байрам— Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигине 31 жыл толды. Пүткил Республикамыздыӊ әскерий тараў хызметкерлерин ҳәм филиалымыздыӊ ер жигитлерин Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоқары кейпиятта қутлықлайман!
Әлбетте, Ўатанымызды мәртлер қорғайды. Сизлер мәртлик ҳәм батыллық тымсалы болып саналасыз. Тынышлығымызды тәмийинлеўде сизиӊ орныӊыз айрықша. Қалаберсе, халқымызға пәраўан турмыс инәм етиўдей пидайы мийнетлериңизди биз әлбетте қәдирлеймиз.
Пурсаттан пайдаланып, филиалымыздағы кәсиплес ер азаматларды, кафедрамыздағы ер-жигитлерди бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир мәрте қутлықлап, олардыӊ мәнзилине еӊ ийгиликли тилеклеримди жоллап қаламан. Сизлербизлердиӊ тирегимиз, қорғаўшымызсыз.
Сизлерге деген ҳүрметимиз шексиз. Шаӊарағыӊызға аманлық ҳәм берекет, жумысларыӊызда талмас ғайратлар тилеймен! Үлкен алақанларыӊыз бенен биз нәзик тәбият ҳаял-қызларды қорғап, қәстерлеп жүриўден шаршамаӊ! Мәртлик ҳәм кеӊпейиллик пенен ҳәр исте бизге үлги болып, бирликте филиал раўажы ушын ҳәрекет қылыўдан тоқтамай, қозғалыста болайық. Ғайратыӊыз ҳеш қашан сөнбесин, байрам мүбәрек кәсиплес ер азаматлар!

Ҳүрмет пенен, Зооинженерия кафедрасы баслығы
А.У.Торешова скачать dle 12.1