Қояншылық үлкен қәрежет талап қылмайтын, бирақ, дәрамат келтиретуғын тараў
Бәршемизге белгили, кейинги жылларда мәмлекетимизде қояншылық тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Қоян жетистириўди жақсы жолға қойыў арқалы болса бүгинги күнде жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.
Бүгин Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қояншылық тараўы бойынша әҳмийетли темаларды қамтып алған семинар шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, филиал директоры А.Есимбетов, тараў қәнигелери ҳәмде филиал профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Р.Сапарбаев илаж басында сөзге шығып, республикамызда қояншылық тараўын раўажландырыў жөнелисинде сезилерли жумыслар ҳәмде ири жойбарлар әмелге асырылып атырғанлығына тоқталып өтти. Сондай-ақ, Р.Сапарбаев өз шығып сөйлеўинде бүгинги шөлкемлестирилип атырған семинардың әҳмийетин айрықша атап өтти. Семинар даўамында тараў қәнигелери тәрепинен нәсилли қоянларды үй шараятында сақлаў, оларды интенсив көбейтиў усыллары, замангөй техникалардан қалай пайдаланыў керек екенлиги, қоянлардың саламатлығына айрықша итибар бериў ҳәм оларды дурыс азықландырыўды жолға қойыў бойынша қызықлы ҳәм пайдалы мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, "Зооинженерия" кафедрасы баслығы А.Торешова ҳәм «Экономика ҳәм гуманитар» пәнлер кафедрасы баслығы П.Хожалепесовлар семинар қатнасыўшыларына тема шеңберинде керекли мағлыўматларды берди. Белгили болғанындай, гөш өнимлери арасында қоян гөши инсанлар ушын жүдә пайдалы екенлиги дәлийлленген. Буннан тысқары, қоян териси ислеп шығарыўда да үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
Сол себепли, дүнья жүзинде қояншылық жақсы дәрамат келтиретуғын тараў есапланады. Елимизде де бул тармақты жедел раўажландырыў ҳәм жәҳән тәжирийбелерин өзлестириў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылып, қояншылық пенен шуғылланатуғын исбилерменлерге барлық зәрүр болған шараятлар жаратылып, тийисли муғдарда банк кредитлери ажыратылмақта.
Әҳмийетли тәрепи болса, бул ислердиң унамлы нәтийжесине бола, жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бүгинги шөлкемлестирилген семинарда тараўда жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалар жан-жақлама додаланды. Соның менен бирге илаж шеңберинде қоян гөшинен таярланған мазалы тағамлар дастурханға тартылып, келген мийманлар бул пайдалы тағамлардан дәм татты. Семинар қатнасыўшылары қояншылық тараўы бойынша жүдә пайдалы ҳәм зәрүр болған мағлыўматларға ийе болды.







Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1