Пүткил филиал жәмәәти, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлерге байрам саўғалары берилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында жаӊа жыл епкини гезип жүрипти. 2022-жыл өз жуўмағына жетип, 2023-жыл есик қағып турғаны ҳәмде бәршемиз ушын сүйикли байрам болған жаӊа жыл қарсаӊында пүткил филиал жәмәәти, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлерге байрам саўғалары берилди.
Байрам илажы басында филиал директоры Адилбай Есимбетов сөзге шығып, 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм жетискенликлерге тоқталды. Усы жылдыӊ филиал ушын жүдә әўметли ҳәм берекетли жыл болғанлығын айтып, жыйналғанларды санаўлы күнлер қалған жаӊа жыл байрамы менен қутлықлап өзиниӊ унамлы тилеклерин билдирди.
— Еӊ әҳмийетлиси аўызбиршилигимизге көз тиймесин, бирлик ҳәм ғайрат пенен ийгиликли мақсетлеримизди әмелге асырып барамыз —дейди филиал директоры А.Есимбетов. Әжайип байрам қутлықлаўы ҳәм тилеклерден кейин ҳәммеге таярлап қойылған байрам саўғалары тарқатылды.
Ҳақыйқый байрам кейпиятын бағышлаў мақсетинде Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордыӊ биринши орныбасары С.Ганиевтиӊ идеясы тийкарында ҳәзил ретинде таярланған видеоролик бәршеге гирбиӊсиз күлки инәм етти десек асыра айтқан болмаймыз. Бир сөз бенен айтқанда жаӊа жыл байрамы қарсаӊында филиалда шын мәнисинде байрам атмосферасы жаратылды.
скачать dle 12.1