Студентлер Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайында болды
Филиалымыздыӊ 3-курс 308-топар студентлери тьюторы Б.Искаков басшылығында Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайында болып, китапхана фонды менен жақыннан танысты. «Әдебиятқа итибар-руўхыйлыққа, келешекке итибар» сүрени тийкарында шөлкемлестирилген саяхат даўамында студент-жаслар китапхана тарийхы, оқыў ҳәм электрон ресурслардан пайдаланыў залы секторы ҳәм китапхана фонды менен танысты. Өсип киятырған жас-әўладтыӊ руўхый азық алыўында ҳәм жәмийетте өз орнын ийелеўинде китап оқыў оғада үлкен әҳмийетке ийе болып саналады. Сонлықтан мәмлекетимизде кейинги жылларда жаслар арасында китапқумарлықты кеӊ түрде ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмакта.
— Студент-жаслар ушын китапханаларға саяхатларды шөлкемлестирип барыў арқалы, олардыӊ китап оқыўға болған қызығыўшылығын және де арттырып, бул жердеги әдебиятлар менен жақыннан таныстырыў сыяқлы ийгиликли мақсет гөзленген. Китап пенен дос тутынған ҳәр қандай инсан өзиниӊ руўхый дүньясын байытып барыў менен бирге үлкен табысларға ерисиўине де китаптан алған билимлери себеп болыўы мүмкин —дейди Б.Искаков. Филиал студентлери Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайында көплеген пайдалы мағлыўматларға ийе болыўы менен бирге өзлери ушын унамлы тәсирлерди алды.
Топар тьюторларыныӊ басламалары менен китапханаларға усындай саяхатлардыӊ шөлкемлестирилип барылыўы әлбетте, өзиниӊ унамлы нәтийжелерин бериўи анық. Студентлеримиз бул китапханаға ағза болып, бул жердеги әдебиятлар менен жақыннан танысып келмекте. Китапхана қәнигелери тәрепинен студентлерге керекли мағлыўматлар берилди.
скачать dle 12.1