Қаҳарман халықтың қаҳарман басшысын еслеў кешеси болып өтти
Усы жылдыӊ 19-декабрь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Белгили мəмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов – жаслар қəлбинде» атамасында еслеў кешеси өткерилди. Кешеге филиал директоры А.Есимбетов, Нөкис транспорт техникумы директоры, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊеси депутаты, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери» Т.Дошекенов, Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы, филология илимлери кандидаты А.Абдиев, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордыӊ биринши орынбасары С.Ганиев, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәмде студентлер қатнасты. Адилбай Есимбетов илажды кирис сөзи менен ашты. Ол өз сөзинде Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ Қарақалпақстан Республикасыныӊ раўажланыўы ҳәм халқымыздың турмысы абат болыўына қосқан салмақлы үлеси ҳаққында айта келип, бүгинги еслеў кешесиниӊ әҳмийетине тоқталды.
Буннан соӊ жыйналғанларға М.Т.Ерниязовтың өмири ҳəм мийнет жолы туўралы ҳүжжетли фильм қойып берилди. Илаж даўамында сөзге шыққанлар, Муса Тажетдинович Ерниязов өзиниӊ 50 жылға шамалас искерлиги даўамында Республикамыздың гүллеп-жаснаўы ҳәм раўажланыўы жолында алып барған ийгиликли ислери, елимиздиң экономикалық потенциалын арттырыўға ҳәм шетки аўылларды да абаданластырыўға әҳмийет қаратып, бул бағдарда салмақлы жумысларды әмелге асырғанлығы ҳәм күни-түни қарақалпақ халқына пәраўан турмыс ҳәм қәтержамлық инәм етиў ушын аянбай тер төгип хызмет қылғанлығы ҳаққында сөз етти.
Еслеў кешеси даўамында Муса Тажетдинович Ерниязовтың ел басшысы сыпатында узақты көре билиў қәбилети, ҳәр қандай машқалаға, ол үлкен ямаса киши болыўына қарамай теңдей жантасыўы, ең тийкарғысы әдалатлы болғанлығы халықтың исенимине кириўине көплеген себеплерден бири болғанлығы, ол өз бойында еӊ ағла инсаный пазыйлетлерди жәмлей алған кишпейил инсан болып өмир сүргени айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, студент-жасларда минберге шығып, Муса Тажетдиновичтиӊ жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме саўатлы етип тәрбиялаўға, билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратып, бул тараўда жетискенликлерге ерискен жасларды мүнәсип хошаметлеп, оларға жүдә кең мүмкиншиликлерди жаратып бергенлиги туўралы өз пикирлерин билдирип өтти. Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей: «Муса Ерниязов қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы еди» Елимиздиӊ раўажланыўында қалыс мийнети сиӊген қаҳарманлар шын мәнисинде халықтыӊ алғысына ерисип, ҳүрмет ҳәм итибарға бөленеди. Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ мийнет жолында әмелге асырған ийгиликли ислери ҳәм ɵшпес яды пүткил қарақалпақ халқының қǝлбинде мәңгиге мɵрленип қалады!
скачать dle 12.1