Студентлер «Китапқумар Аналар» күни шеӊберинде кешеге қатнасты
Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайында ҳәр айдыӊ 17-сәнеси «Китапқумар Аналар» күни деп белгиленгенлиги мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Онда «Қорақалпоғистон тонги» газетасыныӊ бас редакторы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, шайыра, Н.Матякубова, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ муғаллими А.Машарипова ҳәмде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ Мәлимлеме-ресурс орайы баслығы Ж.Халмуратова басшылығында студент-жаслар қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар, кейинги жылларда мәмлекетимизде китапқумарлық мәдениятын раўажланыдырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардыӊ унамлы нәтийжеси, шаӊарақларда китапқумарлық орталығын қәлиплестириў бойынша өзлериниӊ баҳалы пикирлерин билдирип өтти. Шайыра Н.Матякубова қатнасыўшыларға өзиниӊ қәлемине тийисли қосықларын оқып берди.
—Жасларымызға бүгинги кеше мийманлары сыяқлы китапқумар аналарды үлги қылып көрсетиў ҳәм олардыӊ сәўбетин алып, нәсиятларына қулақ түриў имканиятын жаратыў жүдә орынлы болып табылады. Кеше даўамында олар өзлериниӊ өмирлик тәжирийбеси ҳәм билимлеринен келип шығып, студентлерди китап оқыўға үгит нәсият қылыў менен бирге, олардыӊ қәлбинде китап оқыўға деген меҳирди күшейте алған болса әжеп емес —дейди Ж.Халмуратова. Филиал студент-жаслары бул илажға белсене қатнасып, өзлери ушын унамлы тәсирлерди алды.
скачать dle 12.1