Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине 30 жыл толды
Бәршемизге белгили, бүгин «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигине 30 жыл толды. Усы сәне мүнәсибети менен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында илаж шөлкемлестирилди. Илажда филиал директоры А.Есимбетов, Нөкис қаласы әдиллик бөлими жеткеши мәсләҳатшиси Д.Наўрызбаева, «Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиӊ Нөкис қаласы ҳуқықый мәслаҳат бюросы бас қәнигеси А.Алдамуратова, оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты. Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. А.Есимбетов илажды кирис сөзи менен ашты ҳәм бүгинги қутлы сәне мүнәсибети менен бәршени қутлықлап өтти.
Илаж даўамында Д.Наўрызбаева, А.Алдамуратова ҳәм «Экономика ҳәм гуманитар пәнлер» кафедрасыныӊ оқытыўшысы Н.Жамаловлар сөзге шығып, мәмлекетлик байрағыныӊ қабыл қылыныў тарийхы, Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик суверенлигиниң символы болып табылыўын ҳәм онда сәўлеленген өзине тән мазмунға тоқталды. Сондай-ақ студент-жасларға ўатан байрағы муққадес саналыўы, оныӊ дүзилиси ҳәм реӊлери қандай мағананы аӊлатыўы, халқымыздыӊ аўызбиршилигин ҳәм пәк арзыў-нийетлерин өзинде сәўлелендиргенлиги бойынша түсиниклер берилди. Қатнасыўшылар арасынан да сөзге шығып өз пикирлерин билдирип өткенлер болды. «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилген илаж даўамында студентлерге керекли мағлыўматлар берип өтилди.
скачать dle 12.1