«Өмир – гөззал, жасаў–бийбаҳа» атамасында студент-жаслар арасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди
Филиалда билим алып атырған студент-жаслардыӊ минез-қулқын, қызығыўшылықларын ҳәм өз-ара мүнәсибетлердеги психологиялық қәсийетлерин турақлы түрде үйренип барыў ҳәмде олардыӊ жасаўға деген умтылыўын және де арттырып барыў мақсетинде филиал психологы тәрепинен семинар-тренинглер шөлкемлестирилип келинбекте. Нәўбеттеги тренинглерден бири «Өмир – гөззал, жасаў–бийбаҳа» сүрени тийкарында студент-жаслар арасында өткерилди.
Дәслеп, М.Алламуратова қатнасыўшыларды семинардыӊ мазмуны ҳәм мақсети менен таныстырып өтти. Буннан соӊ өмир ҳәр биримизге берилген еӊ уллы инәм екенлиги, турмысымызды мазмунлы ҳәм қызықлы тәризде кешириўимиз керек екенлиги туўралы айтып, студентлерге тийисли түсиниклерди берди. Семинар даўамында қызықлы психологиялық шынығыўлар ҳәм ойынлар өткерилди. Атап айтқанда, “Жасаў ушын 1001 себеп” сүрени тийкарында ҳәр бир семинар қатнасыўшысы тәрепинен «Өмир – гөззал, жасаў – бийбаҳа» деген шырайлы сөзлер менен безетилген плакатқа не ушын жасаўымыз керек екенлигиниӊ себеплери ҳәм өмирди жақсы көриў керек екенлиги бойынша мазмунлы себеплер жазылды.
—Өмиримиздиӊ ҳәр бир деми биз ушын бийбаҳа инәм болып саналады. Студент-жасларға бул тема бойынша түсиниклерди бериў маған заўық бағышлайды. Өткерилген семинарларда олардыӊ белсене қатнасыўы ҳәм ҳәрекетшеӊлиги мени қуўанышқа бөлейди. Сонлықтан, семинарларды атына ғана емес, мазмунлы ҳәм қызықлы етип алып барыўға ҳәрекет қыламан—дейди психологымыз М.Алламуратова. Соныӊ менен бирге психолог тәрепинен барлық топар студентлеринен темаға байланыслы тестлер алынып, нәтийжелери психологиялық жақтан анализленип барылмақта. «Өмир – гөззал, жасаў – бийбаҳа» атамасында өткерилген семинар-тренинг қатнасыўшыларда унамлы тәсирлерди қалдырды.
скачать dle 12.1