Ижарада жасайтуғын студент-қызлардыӊ шараятлары үйренилди
Филиалда ўәлаятлардан ҳәм алыс районлардан келип билим алып атырған студентлер СТЖда ҳәм ижара үйлерде жасап келмекте. Олардыӊ жағдайынан турақлы түрде хабар алыў, машқалалары ҳәм шараятларын үйренип барыў жумыслары системалы тәризде жақсы жолға қойылып, тийисли жуўапкерлер тәрепинен ижара үйлердиӊ шараятлары үйренилип барылмақта. Атап айтқанда, «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳатшиси З.Даўлетова, профилактика инспекторы, аға лейтенант Қ.Қайпназаров ҳәмде тьютор Э.Джумабаевалар биргеликте ижара үйлерде жасайтуғын студент қызлардыӊ ҳалынан хабар алынып, жасаў шараятлары жақыннан үйренилди.
Олар менен ашық сәўбетлесиў алып барылды. З.Даўлетова студент-қызларға өз машқалалары бойынша биймәлел мүрәжат етиўлери мүмкин екенлиги, оған биргеликте шешим табыўға таяр екенлигин атап өтти. Соныӊ менен бирге қызларға «Биз зорлыққа қарсымыз» темасы шеӊберинде кеӊ түсиниклерди берди. Үйлердиӊ шараятлары менен танысыў барысында студент-жасларға өрт қәўипсизлиги, ийс гази ҳәм ботулизм кеселлиги ҳәм оныӊ алдын алыў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылып, керекли мәсләҳатлер берилди. Өрт ҳәм техникалық қәўипсизлик қағыйдалары ескертип өтилди. Ысытыў системалары көзден өткерилип, ийс гази менен байланыслы унамсыз жағдайлар бойынша турмыслық мысаллар келтирилип, студентлерге бул мәселеге итибарлы болыў керек екенлиги айрықша атап өтилди.
скачать dle 12.1