«Жас ихтиологлар» дөгереги ағзалары қатнасыўында беллесиў өткерилди
«Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен студент-жаслардыӊ билим ҳәм көнликпелерин және де арттырып барыў ҳәм олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестирип барыў мақсетинде бир неше дөгереклер искерлиги жолға қойылғанлығы туўралы алдында хабар берген едик. Усындай дөгереклерден бири З.Даўлетова басшылығында Зооинженерия (балықшылық) қәнигелигиниӊ студентлерин қамтып алған «Жас ихтиологлар» дөгереги болып табылады. Дөгерек ағзаларыныӊ қызығыўшылықларын буннан былайда арттырып барыў ҳәм олардыӊ өзлестирип атырған билимлерин сынақтан өткериў ушын беллесиў көринисинде кеше шөлкемлестирилди. Онда оқыў ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров, «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультетиниӊ оқыў ислери бойынша декан орынбасары Б.Кунисов, «Зооинженерия» кафедрасы баслығы А.Торешова, кафедра оқытыўшылары, сондай-ақ мийман сыпатында Тақыятас районы қәнигелестирилген мектебиниӊ оқытыўшысы Ө.Алламбергенов ҳәм дөгерек ағзалары қатнасты. Илажды Қ.Атаназаров кирис сөзи менен ашты. Ол өз шығып сөйлеўинде, бундай дөгереклер студентлердиӊ өз қәнигелигине деген меҳир ҳәм қызығыўшылығы, өзлестириў дәрежесиниӊ артыўына хызмет қылатуғынлығын айрықша атап өтти. Буннан соӊ З.Даўлетова дөгерек ағзаларын топарларға бөлип, шәртлер менен таныстырып өтти. Қалыс түрде өткен беллесиў даўамында студентлер өз билим ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыўға тырысты. Атап айтқанда, өзлери тәрепинен исленген балық садоклары, макетлер, соныӊ менен бирге сол ўақыттыӊ өзинде балықларды жарып мағлыўмат бериўи булардыӊ барлығы олардыӊ ҳәрекетшеӊлигин көрсете алды. Олардыӊ умтылыўшаӊлығы, белсендилиги айқын сезилип турды. Тема бойынша билимлерин сынақтан өткериў ушын сораў-жуўаплар өткерилди. Қызықлы тәсирлерге бай ҳәм позитив кейпиятта өткерилген «Жас ихтиологлар» дөгереги кешеси жуўмағында 1-орынды 314-топар 3-курс студентлери ийеледи. Дөгерек ағзалары сөзге шығып, дөгеректиӊ алып барып атырған искерлиги ҳәм бүгинги өткерилген кеше туўралы өзлериниӊ унамлы пикирлерин ҳәм усынысларын билдирди. Студентлердиӊ өз қәнигелиги бойынша билимлерин сапалы дәрежеде арттырып барыў әлбетте, әҳмийетли саналады. «Жас ихтиологлар» дөгереги де усындай ийгиликли мақсет астында өз искерлигин алып бармақта.
скачать dle 12.1