«Биз зорлыққа қарсымыз» темасында дебат шөлкемлестирилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳатшиси З.Даўлетова тәрепинен «Биз зорлыққа қарсымыз» сүрени тийкарында додалаўға арналған дебат шөлкемлестирилди.
Онда Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы ЖКБ ХПТ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, майор А.Наменова, профилактика инспекторы, аға лейтенант Қ.Қайпназаров, «Гүлзар» МПЖ баслығыныӊ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Г.Сатуллаева, ҳаял-қызлар белсендиси З.Юлдашева, Мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова, психолог М.Алламуратова оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер қатнасты. Илажды З.Даўлетова кирис сөзи менен ашты ҳәм бүгинги дебатты шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсетлерге тоқталды. Буннан соӊ мийманлар сөзге шығып, бүгинги әҳмийетли тема бойынша өзлериниӊ баҳалы пикирлерин билдирип өтти.
Атап айтқанда, А.Наменова ҳәм Қ.Қайпназаровлар тәрепинен кейинги жыллары мәмлекетимизде Ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықларын қорғаў, олардыӊ жәмийеттеги абырайын ҳәм ролин асырыў, сондай-ақ оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған нәтийжели жумыслар ҳаққында айрықша атап өтилди. Қорғаў ордерин бериў тәртиби бойынша турмыслық мысаллар менен кеӊ түсиниклер берип өтилди. Сөзге шығып сөйлеўлер жуўмақланғаннан кейин З.Даўлетова қатнасыўшыларды еки командаға бөлип, ортаға қызықлы теманы таслады ҳәм усы мәселе шеӊберинде қызғын түрде додалаў алып барылды. Команда сәрдарлары қалған ағзалары менен ойласып, плакатларға мәселе бойынша өз пикирлерин ҳәм шешимди жазып, сол бойынша түсиник берди. Бир сөз айтқанда дебатта тийисли мәселе айрықша додаланды. Илаж жуўмағында мийманлар ҳәм психолог тәрепинен додалаўға арналған дебат бойынша қалыс пикирлер билдирип өтилди. Усы сыяқлы дебатларды шөлкемлестирип барыў арқалы, филиал ҳаял-қызлары арасында «Биз зорлыққа қарсымыз» темасы бойынша және де кеӊ түсиниклер қәлиплестирилип барылады. Буннан былайда тема шеӊберинде қызықлы илажларды өткерип барыў атап өтилди.
скачать dle 12.1