Бас нызамымыз қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди
Усы жылы 8-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толмақта. Усы сәне мүнәсибети менен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында илаж болып өтти. Онда филиал администрациясы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниӊ баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлими баслығы А.Ергунисов, Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ судьясы Г.Зарипова, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гимнлери менен басланды. Филиал директоры Адилбай Есимбетов илажды кирис сөзи менен ашты ҳәм бәршени қутлы сәне мүнәсибети менен қутлықлап өтти. Буннан соӊ мийманлар сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Конституциясы әҳмийетли тарийхый ҳүжжет сыпатында халқымыз тыныш ҳәм пәраўан турмыс кеширип атырғанлығыныӊ шын мәнисинде кепиллиги болып киятырғанлығын, жәҳән көлеминде мүнәсип орын ийелеўимизде беккем фундамент ўазыйпасын өтеўи ҳәмде бүгинги Конституциялық реформалар ҳаққында тоқталды. Соныӊ менен бирге, илаж даўамында студент-жасларға Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ жаратылыў тарийхы ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Ҳәр биримиз Бас нызамымыз—Конституциямызды жақсы билиўимиз, ҳуқықый саўатлылық дәрежемизди асырып барыўымыз ҳәм нызамларға қатаӊ түрде әмел етиўимиз керек екенлиги сөзге шыққанлар тәрепинен айрықша атап өтилди. Студент-жаслар да сөзге шығып, өз пикилерин баян етти ҳәм байрам мүнәсибети менен өзлериниӊ тилеклерин билдирди. Усы сыяқлы илажларды шөлкемлестирип барыў студент-жаслардыӊ ҳуқықый билим ҳәм мәдениятын арттырып барыўға хызмет қылады.
скачать dle 12.1