Техникум оқыўшыларына шеберлик сабақлары шөлкемлестирилмекте
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ жанындағы Нөкис ветеринария медицинасы техникумында тәлим алып атырған оқыўшы-жаслардыӊ билимлерин және де беккемлеп барыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлигиниӊ ЖКХЖТСБ бөлими қәнигелери тәрепинен шеберлик сабақлары алып барылды. Илажды техникум директоры А.Ганиев кирис сөзи менен ашты ҳәм усы сыяқлы шеберлик сабақларын шөлкемлестирип барыў арқалы бул жердеги тәлим сапасын және де арттырып барыў сыяқлы ийгиликли мақсет гөзленгенлигин айтып өтти. Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлигиниӊ ЖКХЖТСБ бөлими баслығы И.Ембергенов сөзге шығып, өзлериниӊ алып барып атырған искерлиги бойынша толық мағлыўматларды берип өтти. Соныӊ менен бирге тараў қәнигелери тәрепинен бөлимдеги ийтлердиӊ ўазыйпалары, атқаратуғын хызмети туўралы қызықлы мағлыўматларды берип өтти. Шеберлик сабағы даўамында өзлери менен алып келген пародалы ийт жәрдеминде тараўға байланыслы тийисли көринислерди көрсетип, оқыўшыларға әмелий түсиниклерди берди. Сондай-ақ, тараў қәнигелери тәрепинен кинологлардыӊ машақатлы ҳәм қәўип-қәтерге бай мийнети ҳаққында айтып өтилди. Техникум оқыўшылары әмелий сабақ даўамында өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўапларды алды. Бундай шеберлик сабақлары турақлы түрде шөлкемлестирилип барылыўы айрықша атап өтилди.
скачать dle 12.1