Қарақалпақ тили байрамы мүнәсип тәризде белгиленди
Усы жылдыӊ 30-ноябрь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен «Мәртебеӊ бәлент болсын, ана тилим» атамасындағы байрам илажы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.
Бул илажға Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы, филология илимлери кандидаты А.Абдиев, «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Жаслар мәселелери бойынша ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордыӊ биринши орынбасары С.Ганиев, Мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова, директор мәсләҳатшиси З.Сапарбаев, Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов, декан орынбасары Е.Сейтмуратов, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.
Илажды оқыў ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров кирис сөзи менен ашты ҳәм байрам мүнәсибети менен бәршени қутлықлап өтти. Буннан соӊ, Х.Дәўлетназаров ҳәм А.Абдиевлер сөзге шығып, тил ҳәр бир миллеттиӊ айнасы ар намысы екенлиги, тилди асыраў ҳәм раўажландырыў миллетиӊ келешегин белгилеп бериўи ҳаққында тоқталды. Мийманлар залда жыйналғанларды байрам менен қызғын түрде қутлықлап өтти.
Шығып сөйлеўлерден кейин Мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова басшылығында «Қарекеӊше онлайн» командасы тәрепинен таярланған әжайип концерт бағдарламасы тамашагөйлер нәзерине усынылды. Атап айтқанда, әдебий оқыў, миллий аяқ ойынлар, қыз-жигитлер айтысы студент-жаслар тәрепинен шеберлик пенен атқарылды. Бир сөз бенен айтқанда байрам илажы даўамында ҳақыйқый қарақалпақша атмосфера жаратылды. Сондай-ақ, байрам кешеси шеӊберинде қарақалпақ тили байрамы мүнәсибети менен өткерилген шығармалар ҳәм видеороликлер таӊлаўларыныӊ жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Байрам жуўмағында З.Хожамуратова сөзге шығып, қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы байрамын мүнәсип тәризде белгилеў ҳәм нағыз қарақалпақша атмосфераны инәм етиў ушын «Қарекеӊше онлайн» командасы менен биргеликте шын кеўилден ҳәрекет қылғанлығы ҳаққында тоқталып, өзиниӊ байрам қутлықлаўларын билдирди. Усы тәризде «Мәртебеӊ бәлент болсын, ана тилим» атамасындағы байрам илажы жоқары кейпиятта болып өтти. Биз еӊ дәслеп ана, ўатан деген сөзлерди қарақалпак тилинде айтқанбыз. Тил бар екен миллет бахытлы. Қарақалпақ тилиниӊ мәртебеси ҳәмийше бәлент болыўын тилеймиз!













Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1