Зооинженерия қәнигелигиниӊ студентлерине ашық сабақ өтилди
Студент-жаслардыӊ пуқта билимлерди өзлестирип барыўы, өзлериниӊ илимий потенциалын және де арттырып барыўында оқытыўшылар тәрепинен шөлкемлестирилетуғын ашық сабақлардыӊ орны гиреўли болып табылады. Сөзимизди бийкарға бул тема менен басламадық. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да кафедра оқытыўшылары тәрепинен ашық сабақлар турақлы түрде шөлкемлестирилип келинбекте. Атап айтқанда, «Зооинженерия» кафедрасыныӊ ассистенти У.Жолдасова 3-курс 310-топар студентлерине «Ҳайўанларды азықландырыў» темасында беллесиў тәризинде ашық сабағын өткерди. Ашық сабақты оқыў ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров кирис сози менен ашты. У.Жолдасова тема шеӊберинде студент-жасларға кеӊ түсиниклерди бериў менен бирге, оларға қызықлы мағлыўматларды инәм етиўге ҳәрекет кылды. Ашық сабақ қатнасыўшылары ҳайўанларды азықландырыў ушын қалайынша дурыс рационды жолға қойыў, оларды жоқары сапада азықландырыўды тәмийинлеў ҳәм бул процессти турақлы түрде бақлап барыў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Сондай-ақ, беллесиў тәризинде өткерилген ашық сабақ даўамында студент-жаслар топарларға бөлинип қызықлы ойынлар шеӊберинде өз-ара беллести. Еӊ тийкарғысы студентлер тема бойынша кеӊ түсиниклерге ийе болды. Илаж жуўмағында «Зооинженерия» кафедрасыныӊ баслығы А.Торешова сөзге шығып, ашық сабақтыӊ қызықлы тәризде болып өткенлигин, студентлердиӊ билимлери және де беккемлениўи менен бирге оларға унамлы кейпият инәм етилгенлигин билдирип өтти. Бундай ашық сабақлар турақлы түрде өткерилип барылыўы атап өтилди.
скачать dle 12.1