Студентлер байрамы мүнәсибети менен «Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен илаж өткерилди
Бүгин 17-ноябрь–«Халықаралық студентлер күни» байрамы мүнәсибети менен «Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен усы қәнигеликте билим алып атырған студент-жаслар арасында «Студентлик алтын дәўирим» атамасында сүўрет салыў бойынша илаж өткерилди.
Бүгинги байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул илажда Мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова, Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, «Ветеринария ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги» кафедрасыныӊ ассистенти Ш.Утемуратова ҳәм Қ.Сарсенбаевлар қатнасты.
«Зооинженерия» кафедрасы баслығы А.Торешова жарысты ашып берди ҳәм алып барды. Дәслеп қатнасыўшылар бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықланып, оларға әўмет ҳәм жақсы тилеклер билдирилди.
Сүўрет салыў бойынша қәбилетке ийе болған студентлер тәрепинен «Студентлик алтын дәўирим» темасында бир-биринен әжайип ҳәм шырайлы сүўретлер салынды ҳәм өзлери тәрепинен мазмуны бойынша жақсы тәрийплер берилди. Соныӊ менен бирге илаж даўамында кеше қатнасыўшыларыстудент-жасларға өзлериниӊ студентлик дәўирлери бойынша қызықлы ўақыяларды ҳәм әжайип мәўритлерди айтып берди. Өз орнында студентлер буннан жақсы тәсирлерди алды. — Бүгинги байрамда филиалда билим алып атырған студентлеримизге әжайип байрам кейпиятын инәм етиў, олардыӊ қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын жақыннан көмеклесиў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди гөзлеген ҳалда бул илажды шөлкемлестирдик. Белсене қатнасқан студентлеримизге миннетдаршылық билдирип қаламыз — дейди А.Торешова.
Өзгеше ҳәм көтериӊки руҳта өткерилген илаж жуўмағында 3-курс 310-топар студенти Ж.Узақбаева, 107-топар студенти У.Амангелдиев ҳәм усы топар студенти Н.Уринбаевлар «Зооинженерия» кафедрасы баслығы А.Торешова тәрепинен бүгинги илажда белсене қатнасқанлығы ушын естелик саўғалары менен сыйлықланды. Байрам күни студентлеримиздиӊ кейпияты жоқары дәрежеде көтерилди деп ойлаймыз.
скачать dle 12.1