Зооинженерия қәнигелиги бойынша билим алып атырған студент-жаслар дыққатына!
Зооинженерия кафедрасы баслығы Амина Торешованыӊ басламасы менен усы Зооинженерия қәнигелигинде билим алып атырған барлық студент-жаслар арасында «Билимли студент» атамасындағы таӊлаўды жәриялаймыз. Бул таӊлаў төмендеги 2 шәрт бойынша болып өтеди:
1.Өз қәнигелиги бойынша мағлыўмат бериў;
2.Сораў-жуўап шәрти.
Қатнасыў тилегин билдиретуғын студентлер Зооинженерия кафедрасына хабарласыўыӊыз мүмкин! Жеӊимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады. Еӊ билимдан студент болса "Зооинженерия кубогы"н қолға киргизеди. Өзиӊизге исениӊ ҳәм қәнигелигиӊиз бойынша билимиӊизди сынап көриӊ. Зооинженерия қәнигелигиниӊ студентлерин таӊлаўда белсене қатнасыўға шақырып қаламыз! Хош, кубок кимге несип етеди екен?...
Рәсмий телеграм каналымызға дағазаныӊ видео көринисин де жайладық. Сол арқалы да таӊлаў туўралы мағлыўматларғ ийе боласыз. Еслетип өтемиз, бул «Билимли студент» атамасындағы таӊлаўға тек ғана Зооинженерия қәнигелигинде билим алып атырған барлық студент-жаслар қатнаса алады.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1