Тьютор ҳәм студентлер тәрепинен мийўе ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды
Ҳәзирги күнде Республикамыз бойлап даўам етип атырған «әҳмийетли 40 күнлик» илажларында филиалдыӊ студент-жаслары топар тьюторлары басшылығында белсене қатнаспақта.
Атап айтқанда, ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси қәнигелигиниӊ 3-курс 311-312-топар студентлери тьюторы Б.Искаков басшылығында филиал бинасы әтирапына 70 түптен аслам мийўе ҳәм декоратив терек нәллерин отырғызды.
— Әлбетте, Республика көлеминде әмелге асырылып атырған илажда студентлер менен биргеликте өз үлесимизди қосып атырғанымыздан қуўанышлымыз. Терек нәллерин егиў даўамында студентлер аўызбиршиликте, ҳүрмет-иззет пенен жумыс алып барды. Бундай илажларды жәмлескенлик пенен әмелге асырыў ағла инсаныйлық пазыйлетлерди жүзеге шығарыўға түртки болады— дейди Б.Искаков.
Тьюторлардыӊ студент-жасларды бир жерге жәмлестирип, «Жасыл мәкан» жойбары тийкарында әмелге асырып атырған ийгиликли жумыслары өзиниӊ унамлы нәтийжесин бериўин тилеген ҳалда, оларға ҳармасын айтып қаламыз!
скачать dle 12.1