SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер китапхана ҳәптелиги шеңберинде өткерилген илажда қатнасты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиалдыӊ ветеринария фармацевтикасы қәнигелиги 1-курс 103-топар студентлери тьюторы Р.Хожаметов басшылығында «INFOLIB O'ZBEKISTON-2022» XI Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги шеңберинде пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында болып өткен илажда белсене қатнасты.
Сәўбетлесиў тийкарында өткерилген илаж даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўлар менен кеше мийманларына мүрәжат етип, толық жуўапларды алды. Сондай-ақ, усы илаж шеӊберинде Р.Хожаметов студентлерди китапхана искерлиги менен жақыннан таныстырды. Қәнигелер тәрепинен китапхана фонды ҳәм қалай ағза болыўы кереклиги туўралы керекли мағлыўматлар берип өтилди.
Бундай саяхатларды шөлкемлестириў арқалы студент-жаслардыӊ китап оқыўға деген қызығыўшылығын және де арттырыў мүмкин. 103-топар студентлери өзлерине унамлы тәсирлерди алыўы менен бирге, керекли мағлыўматларға да ийе болды.