Студентимиз район бириншилигинде спорттыӊ шахмат түри бойынша биринши орынды ийеледи
Кейинги жылларда мәмлекетимизде спорт тараўына айрықша итибар берилип, жаслардыӊ усы тараў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисиўи ушын қолай шәрт-шараятлар жаратып берилмекте. Филиал студент-жаслары усындай имканиятлардан үнемли пайдаланып келмекте, десек қәтелеспеген боламыз. Атап айтқанда, Ветеринария медицинасы қәнигелигиниӊ 4-курсында билим алып атырған М.Оралбоев спорттыӊ шахмат түри бойынша Гурлен районы бириншилигинде сыйлы биринши орынды қолға киргизди. Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2022-жылы 19-январьдағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде райондағы жаслар арасында ғалабалық спортты кеӊ түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген III-басқыш Гурлен районы бириншилигинде спорттыӊ шахмат түри бойынша 22-26 жас категориясындағы ер балалар ортасында жеӊиске ерисип, биринши орынды ийелеўге мияссар болған студентимиз диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
— Бул студентимиз алдыӊғы басқышта да унамлы нәтийжеге ерискен еди. Сондай-ақ, усы күнге шекем филиалымызда шөлкемлестирилип атырған спорт жарысларында да белсенелик көрсетип келмекте. Әлбетте, бунда оқыў орнымызда студентлерди ғалабалық спортқа қамтыў бойынша алып барылып атырған ис-илажлар ҳәмде жаратылып берилип атырған шараятлар түртки болғанлығына исенимим кәмил—дейди Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов. Усы сыяқлы спорт тараўында белсене студентлеримиздиӊ қатары және де көбейип барыўыныӊ тәрепдарымыз. Питкериўши курс студенти М.Оралбоевти ерискен нәтийжеси менен қутлықлаймыз ҳәм табыслар тилеп қаламыз!
скачать dle 12.1