SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саяхат қылды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саяхат қылды
Филиалымыздыӊ Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниӊ 2-курс 213-топар студентлери профилактика инспекторы, аға лейтенант Қ.Қайпназаров ҳәмде топар тьюторы Ж.Мамбетниязов басламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саяхат қылды.
«Үлкемиз бойлап саяхат» сүрени астында шөлкемлестирилген бул илаж шеӊберинде студент-жасларымыздыӊ қарақалпақ әдебияты тарийхын үйрениўге деген қызығыўшылығын және де арттырыў ҳәм жақыннан танысыўы ушын қолай имканият жаратыў сыяқлы ийгиликли мақсетлер бар. Бул музейдеги экспонатлар әййемги дәўирлердеги қарақалпақ әдебияты тарийхынан баслап, ғәрезсизликке шекем даўам етип келген халқымыздыӊ турмысы, әдебияты тарийхы ҳәмде оныӊ дөретиўшилерин сәўлелендирип бериўи дереклерде атап өтилген. Студент-жаслар музейге саяхат даўамында бир-биринен әжайип экспонатларды тамаша етип, өзлерине бир дүнья заўық алды. Ол жердеги қәнигелер тәрепинен филиал студентлерине музей қашан ҳәм қандай мақсетте шөлкемлестирилгени ҳәм басқа да керекли ҳәм қызықлы мағлыўматлар берип өтилди. Әлбетте, бундай саяхатларды студентлер арасында шөлкемлестирип барыў ҳәр тәреплеме мақсетке муўапық болады. 213-топар студентлериниӊ сабақтан бос ўақытлары усы тәризде мазмунлы өтти.