Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен салтанатлы концерт бағдарламасы болып өтти
Бәршемизге белгили, ҳәр жылы 21 октябрь-елимиз бойлап тил байрамы сыпатында кеӊ түрде белгиленеди. Бүгин пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында Өзбек тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен «Қәдириӊ бәлент болсын, ана тилим!» сүрени астында салтанатлы байрам илажы болып өтти. Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Орынбаев Аманбай Тлеубаевич кирис сөзи менен ашып берип, кейинги жылларда мәмлекетимизде өзбек тилиниӊ абыройын және де арттырыў бойынша әмелге асырылған кеӊ көлемли реформаларға айрықша тоқталып өтип, ҳәммени Өзбек тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын түрде қутлықлады.
Илаж шеӊберинде байрам мүнәсибети менен елимиздеги бир қатар өзбек тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары естелик саўғалары менен сыйлықланды. Буннан соӊ салтанатлы байрам илажы қызықлы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Усы илажға Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жәмәәти, атап айтқанда, профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер ҳәм студент-жаслары директор Адилбай Есимбетов басшылығында қатнасты ҳәм байрам мүнәсибети менен жоқары кейпиятта болып өткен концерт бағдарламасын биргеликте тамаша етти. Байрам бәршеӊизге қутлы мүбәрек болсын!
скачать dle 12.1