Филиал психологы студентлер турақ жайында жасайтуғын студентлерге тренинглер шөлкемлестирди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-жаслар арасында филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен қызықлы психологиялық тренинглер шөлкемлестирилди. Бунда гөзленген тийкарғы мақсет жатақханада жасайтуғын студент-жаслардыӊ психологиялық қәсийетлерин үйренип барыў, олардыӊ өз-ара мүнәсибетлери ҳәм қарым-қатнасын, сондай-ақ, адаптациялық процесслерин бақлаўдан ибарат.
Психолог тренинглер шеӊберинде студентлер менен еркин тәризде сәўбетлесиў алып барды ҳәм олардыӊ пикирлерин тыӊлады. Қызықлы тренинглер даўамында болса ҳәр қыйлы темаларға бағдарланған тестлер, соныӊ менен бирге кейслер ҳәм психологиялық шынығыўларды өткерди. Қатнасыўшылар тәрепинен әсиресе «Сиз қандай инсаныз» ҳәм «Қәбилетти анықлаў» тестлери жүдә унамлы тәризде қабылланды. Буннан тысқары олар ушын пайдалы болған медитациялар өткерилди. — Мениӊше, тренинглер өзим режелестиргенимдей жүдә қуўнақ кейпиятта болып өтти. Бунда маған студентлердиӊ умтылыўшаӊлығы ҳәм қызығыўшылығы жақыннан жәрдем берди. Бундай илажларды тез-тезден өткерип турыў керек екенлигин билдиргени болса мени қуўанышқа бөледи—дейди М.Алламуратова. Студентлер турақ жайында жасап атырған студентлеримиз психолог тәрепинен өткерилген тренинглер даўамында белсене қатнасып, позитив кейпиятқа ийе болды ҳәм ўақытларын мазмунлы өткерди.
скачать dle 12.1