"Мәртебеӊ бәлент болсын, ана тилим!" сүрени астында ушырасыў кешеси болып өтти
Бәршемизге белгили, усы жылы Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 33 жыл толады. Усы байрам кирип келиўине де санаўлы күнлер қалды. Бүгин Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында жақынласып киятырған усы сәне мүнәсибети менен"Мәртебеӊ бәлент болсын, ана тилим!" сүрени астында ушырасыў кешеси болып өтти. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты доценти, филология илимлери докторы Г.Қурбаниязов, «Экономика ҳәм гуманитар пәнлер» кафедрасыныӊ филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) И.Халмуратов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти М.Аннакулов ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Ушырасыўды М.Аннакулов ашып берип, кеше мийманы менен қатнасыўшыларды таныстырып өтти. Г.Қурбаниязов ҳәмде И.Халмуратовлар сөзге шығып, кейинги жылларда өзбек тилиниӊ жәмийетимизде ҳәм жәҳән көлеминде абырайын арттырыў ҳәмде ана тилимизди үйрениўге болған қызығыўшылығын жәнеде асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм оныӊ унамлы нәтийжелери ҳаққында тоқталды. Әсиресе, мәмлекетимиздеги жаслар арасында ана тилимиздиӊ кеӊ қолланылыўы бойынша үгит-нәсият жумысларын және де күшейтиў керек екенлиги атап өтилди. Бул бойынша филиал студент-жаслары арасында әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында айрықша тоқталып өтилди. Илаж даўамында студент-жаслар сөзге шығып, өз пикирлерин билдирди. Байрам шеӊберинде шөлкемлестирилген бул ушырасыў мазмунлы тәризде болып өтти. Студент-жаслар ушырасыў шеӊберинде керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1