Ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў бойынша қанша арза келип түсти?
Белгили болғанындай, жоқары оқыў орынларыныӊ күндизги билимлендириў түринде билим алатуғын ҳәм ижара үйлерде жасатуғын студентлерге ижара төлеминиң бир бөлеги төлеп берилиўи бойынша нызам тастыйықланды. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында усы мәселе жүзесинен комиссия ағзалары қатнасыўында жыйналыс болып өтти. Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордыӊ биринши орынбасары С.Ганиев жыйналысты кирис сөзи менен ашып берди ҳәм алып барды. Жыйналыс даўамында ижара төлемлерин каплап бериўде қалыс ҳәм әдалатлы түрде жумыс алып барыў, атап айтқанда, кем тәмийинленген, «Темир дәптер»ге киргизилген ҳәмде еки ҳәм оннан артық перзенти төлемли-шәртнама тийкарында билим алып атырған шаӊарақлардыӊ перзентлери, I ҳәм II-топар нәгиранлығы болған шахслар. Сондай-ақ, оқыў даўамында билимлерди жақсы өзлестирип, жәмийетлик жумысларда да белсенелик көрсетип киятырған студент-жасларды инабатқа алған ҳалда, шараятларын толық үйренип, бир жуўмаққа келиў керек екенлиги атап өтилди.
—Студентлерден жәми 59 арза келип түскен, ҳәзирги ўақытта оларды көрип шығып атырмыз, үйренип анализлеп атырмыз. Барлық комиссия ағзалары үлкен жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атыр. Мақсетимиз ҳүкимет қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, имканиятымыздан келип шығып, ижарада жасап атырған студентлердиӊ ижара төлемлериниӊ бир бөлегин қаплап бериў ҳәм оларды, қалаберсе, ата-аналарын разы қылып, қуўаныш бағышлаў— дейди С.Ганиев. Жыйналыс даўамында темаға байланыслы мәселелер додаланды. Тез күнлерде усы мәселени унамлы шешиў процесси басланады. Ҳүжжетлер менен байланыслы процесслер өз жуўмағына жеткен соӊ, рәсмий веб-сайтымыз арқалы толық мағлыўмат беремиз.




Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1