Филиал студентлери арасында “Жыл студенти” таңлаўын жәриялаймыз
Сиз илимде ҳәм жәмийетлик жумысларда үлкен табысларға ерискенсиз бе? Белсене студентлер қатарына киресиз бе? “Жыл студенти” номинациясын жеңип алыўды қәлейсизбе? Олай болса "Жыл студенти" Республикалық таңлаўының филиал басқышында қатнасың!
Таңлаў төмендеги 7 номинация бойынша өткериледи:
Жылдың өз қәнигелиги бойынша ең билимдан студенти;
Жылдың ең белсенди инициатор-үгит-нәсиятшы студенти;
Жылдың ең белсенди ойлап табыўшы-инноватор студенти;
Жылдың ең белсенди спортшы студенти;
Жылдың ең белсенди қәбилетли студенти;
Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти;
Жылдың ең үлгили исбилермен студенти ( ҳаял-қызлар ушын).
“Жыл студенти” таңлаўы ушын талабанлар ҳүжжетлерди Деканатқа ямаса Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлимине тапсырыўы керек. Еслетип өтемиз,ҳүжжетлерди қабыллаўдыӊ соӊғы мүддети 20-октябрьге шекем. Таңлаў нызамы, шәртлери бойынша толық мағлыўматларды рәсмий телеграм каналымызға жайластырған таңлаў шәртлери деп көрсетилген файлды жүклеп алыў арқалы танысыўыӊыз мүмкин. Таңлаў нәтийжелери рәсмий веб-сайтымызҳәмде социаллық тармақларымыз арқалы жәрияланады.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1